Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизиӊ реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин!

Шавкат Мирзиёев

Kar24.uz сайтында компенсация қаржысын өндириў бойынша жәрияланған мүрәжатқа рәсмий мүнәсибет билдирилди

“Мойнақ районында 2019-жылы 127 жай “снос”қа түсти ҳәм сол дәўирде турақ жайлардың компенсация пуллары толық төленип, жер орынларының орнына жер орынлары берилген. Соның менен бирге, бүгинги күнде Мойнақ районы ҳәкимлигине компенсанция қаржыларын өндириў бойынша арза ямаса мүрәжат келип түспеген.
Сондай-ақ, @kar24 сайтындағы мүрәжат етиўши пуқара аноним болғанлығы себепли ҳаяллар дәптери дизиминен көриў мүмкиншилиги жоқ. 2022-жыл 28-апрель күни болып өтетуғын Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң 45-сессиясында Депутатлар Кеңесиниң “Ҳаяллар дәптериниң 3-басқыш жумысларын шөлкемлестириў ҳаққындағы” шешимине өзгерислер киритилип, қайта тастыйықланады.
Егер мүрәжатшы шахсын көрсеткен ҳалда район ҳәкимлигине мүрәжат етсе ҳәм социаллық жағдайы нызам талапларына туўры келсе сессия арқалы дәптерге киритилип, ҳүкиметимиз тәрепинен берилип атырған имканиятлардан пайдаланыў мүмкиншилигине ийе болады”.

Сол себепли, пуқара телефон номериңиз ҳәм шахсыңыз ашық болыўы тийис. Болмаса, мүрәжат көрип шығылмайды.

Skip to content Click to listen highlighted text!