Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизиӊ реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин!

Шавкат Мирзиёев

Көшпели қабыллаў – машқалалар шешими

Шетки аймақларда жасап атырған халықтың машқалаларын үйрениў ҳәм оларды сапластырыў мақсетинде Мойнақ районы ҳәкими, биринши сектор басшысы Бахтияр Менглибеков “Ҳәким ата” аўыл пуқаралар жыйынына барып, бул аймақта жасап атырған халықтың турмысы менен жақыннан танысты ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалаларды тыңлады.

Халықтың машқалалары менен танысыў барысында пуқаралар тәрепинен жумысқа кириў, емлениў ҳәм социаллық жәрдем мәселелери бойынша мүрәжатлар келип түсти. Булар бойынша тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берилип, мүрәжатлар қадағалаўға алынды.

Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Менглибековтың аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларында көшпели қабыллаўлары даўам етеди.

Skip to content Click to listen highlighted text!