Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизиӊ реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин!

Шавкат Мирзиёев

Мойнақ районы тарийхы

Мойнақ районы – Қарақалпақстан Республикасының арқа районы. 1931-жылы 31-июльде дузилген. Әмиўдәрия дельтасы, Арал теңизиниң қубласындағы аймақларды ийелейди. Қараөзек, Шымбай, Бозатаў районлары, Қазақстан Республикасының Ақтөбе, Қызыорда ўәлаятлары менен щегаралас. Майданы 37,88 мың километр квадрат. Халқы 33,4 мың адам. Районда 7 аўыл пуқаралар жыйыны (Ушсай, Тикөзек, Бозатаў, Мәдели, Ҳәким ата, Қызылжар, Қазақдәрия) ҳәм район орайы Мойнақ қаласында жайласқан 5 мәкан пуқаралар жыйыны (Мойнақ, Арал, Жайҳун, Таллызек, Дослық) бар. Орайы – Мойнақ қаласы. Район аймағының тийкарғы бөлеги Арал теңизиниң қурыған ултаны (Арал қум) ҳәм Әмиўдәрья дельтасындағы көллерден ибарат. Районның хожалық ҳәм мәдений орайы – Мойнақ қаласы. Соңғы жылларда дельтадағы бурын суў басып жатырған айырым жерлер өзлестирилип, егин егилмекте. Қурылыс материалларынан тас, қум, саз бар. Ықлымы кескин континентал. Орташа темпатура январьда 7,14 градус, июльде болса 26,3 градус. Вегетация дәўири 213 кун. Жыллық орташа жаўын 105 мм, тийкарынан бәҳәр ҳәм қыста жаўады. Районда Судочье, Жалтырбас, Мақпал, Закир, Сарыбас, Соркөл, Көксуў ҳәм бирқанша майда көллер бар. Әмиўдәрьяның Аралға қуятуғын бөлеги де усы район аймағында. Топырақлары батпақ-отлақ, аллювиал дәўир топырағы. 143,18 мың гектар жер отлақ ҳәм жайлаў (тийкарынан қамысзарлар – пишензарлар) жабайы өсимликлерден қамыс-пишен, қоға, тораңғыл, терек, жийде, жыңғыл, жантақ, шенгел ҳәм басқалар өседи. Мойнақ районы Өзбекстандағы ҳайўанат дуньясына бай районлардан. Балықтың 30 дан артық тури бар. (жалынбалық, ақмарқа, шортан, дөнмаңлай, амур, таран, ылақа, алабуға, суўен, торта, бөрге, сазан, шабақ ҳәм басқалар). Ондатра әсиресе улкен әҳмийетке ийе. Қуслардың 80 нен зыят тури (уйрек, ғаз, қырғаўыл, аққуў, қутан, бирқазан, қарабай, шағала, фламинго ҳәм басқалар). Сут емизиўшилерден доңыз, қасқыр, сағал, порсық, қоян бар.

Халқы көп миллетли. Қарақалпақ, өзбек, қазақ, рус, татар, корейс, туркмен ҳәм басқа миллетлер ўәкиллери жасайды. Халықтың орташа тығызлығы 1 квадрат километрге 1 адамнан азырақ. Хожаалығы районда балықшылық, дийханшылық ҳәм шарўашылыў хожалықлары бар. Санаат кәрханалары Мойнақ қаласы ҳәм Ушсай аймәғында жайласқан. Улыўма егин майданы 1323 гектар. Соннан 938 гектар ғәлле тийкарынан бийдай, салы, 80 гектар карточка, жемис ҳәм палыз, 305 гектар майданы от-жемлик егинлер менен бәнт. Районның жәмийетлик ҳәм жеке хожалықларында 9,16 мың бас қара мал, 750 ге жақын жылқы бар.

Районның тийкарғы транспорты авиа ҳәм автотранспорт. Ҳаўа ҳәм автомобиль транспортынан кең пайдаланылады. Қоңырат – Бейнеқ темир жолы районды Қазақстан Республикасы ҳәм Россия федерациясы менен байланыстырады. Райондағы 18 улыўма орта билим бериў мектебинде 5467 оқыўшы билим алады. Буннан тысқары Мойнақ кәсип-өнер мектеби (156 оқыўшы) хызмет көрсетеди.  Районда 25 китапхана бар. Районлық Медицина бирлеспесине қараслы 7 Медицина мәкемелеринде 292 Шыпакер ислемекте.

Мойнақ районы – Қарақалпақстан Республикасының арқа батысында жайласқан ҳәкимшилик бирлиги. Арқада Арал теңизи жайласқан.

 

 

Skip to content Click to listen highlighted text!