Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 13-апрельдеги «2023-жылда базар нормаларына тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты үй-жай менен тәмийинлеў бағдарламасын әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы (https://www.lex.uz/uz/docs/6433775) қабыл етилген еди.
Усы Пәрман менен базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты турақ-жай менен тәмийинлеў мақсетинде ипотека кредити ушын субсидияға арзаларды 2023-жыл 1-майдан қабыллаў басланды.
Пәрман тийкарында муғаллимлердиң айырым категорияларына жеңиллетилген тийкарда субсидия ажыратылыў белгиленди.
Жеңилликтен пайдаланыўшы муғаллимлер категориясына профессионал билимлендириў шөлкемлериниң инженерлик, қайта ислеў ҳәм қурылыс тараўында билим берип атырған ямаса оқыў әмелиятын өткерип атырған муғаллимлер ҳәм билимлендириў усталары жеңиллетилген шәртлерде субсидия алады.
Уқсас жаңалықлар
Сиз өз газетаңызға жазылдыңыз ба?
Пахта – 2023 – жыйын терим мапазына белсене қатнасыўға шақырамыз!