Дыққат, дыққат! Ҳүрметли Мойнақ районы турғынлары! Сиз күнлик қосымша дәрамат табыўды қәлейсиз бе? Олай болса, республикамызда даўам етип атырған пахта жыйын терим мәўсимине белсене қатнасың! Бийпул автобус, бийпул түслик ҳәм пахтаның ҳәр бир килограмы ушын бир мың бес жүз сўмнан сол күнниң өзинде пул төлениўи жолға қойылған. Буның ушын сиз өзиңиз жасап турған мәҳәлле пуқаралар жыйынына мүрәжат етиўиңиз мүмкин. Айтқандай, ҳәр ҳәптеде ҳармаң пахтакеш жойбарына қатнасыў арқалы ең жақсы теримшилер қатарында қымбат баҳалы саўғаларға да ийе боласыз!
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.
Каналға ағза болыў: https://t.me/pressa_moynaq
Уқсас жаңалықлар
Сиз өз газетаңызға жазылдыңыз ба?
Турақ жай алыў ушын қайсы категориядағы муғаллимлерге субсидия бериледи?