Арал теңизиниң қурыған ултанына туқым себилди
Мәмлекетимизде Аралбойы регионының экологиялық жағдайын турақластырыў, регионның социаллық-экономикалық раўажланыўын жеделлестириў ҳәм халықтың турмыс тәризин жақсылаўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Бул жумысларды избе-из даўам еттириў мақсетинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясы ҳәм Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитети тәрепинен Мойнақ районында “Арал – Парламент нәзеринде” атамасында экологиялық акция өткерилди.
Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының, Жоқарғы Кеңес ҳәм жергиликли Кеңестиң депутатлары, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Тоғай хожалығы агентлиги ҳәм Мойнақ районы ҳәкимлигиниң ўәкиллери қатнасты.
Акцияда Арал теңизиниң қурыған ултанында “жасыл қапламалар” қорғаныў тоғайлықларын жаратыў мақсетинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясы ҳәм Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитети тәрепинен 100 қалта қандим, қарабарақ, черкез ҳәм сексеўил туқымлары жеткерилди ҳәм егиў илажлары шөлкемлестирилди.
Уқсас жаңалықлар
Халықты дизимге алыў: оның мазмуны неде?
НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИН ТӘМИЙНЛЕЎ ҲӘМ СУД-ҲУҚЫҚ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР
Мойнақ районында 2025-жыл 1-шерегинде «Пуқаралар басламасы» қоры қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўы ҳаққында есабат