Мойнақ районы ҳәкими, 1-сектор басшысы Б.Менглибеков «Тикѳзек» аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасыў ѳткерди.Ушырасыўда пуқаралар тәрепинен жер, ишимлик суўы, электр энергеиясы мәселелери бойынша мүрәжатлар билдирилди. Пуқаралардыӊ бул машқалаларына тийисли тараў қәнеигелери тәрепинен ҳуқықый түсиниклер берилди. Сондай-ақ, бәнтлик, электр энергиясы ҳәм банк системасында соӊғы ўақытларда болып атырған ѳзгерислер менен таныстырылды.
Илажда Б.Менглибеков буннан алдыӊғы кошпели қабыллаўларда Хийўа қаласына саяхат етиўди усыныс еткен тикозекли жаслардыӊ мүрәжаты унамлы шешилип, 30-июнь – жаслар күни қарсаӊында аўыл жасларыныӊ Хийўа қаласына саяхаты шѳлкемлестирилетуғынлығын атап ѳтти. Соныӊ менен бирге жумыссызлық машқаласы менен жаслар, ҳаяллар дәптерлерине киритилген қыз-келиншеклерге тигиў машинасы ҳәм электр печькалары берилди.
Уқсас жаңалықлар
Халықты дизимге алыў: оның мазмуны неде?
НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИН ТӘМИЙНЛЕЎ ҲӘМ СУД-ҲУҚЫҚ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР
Мойнақ районында 2025-жыл 1-шерегинде «Пуқаралар басламасы» қоры қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўы ҳаққында есабат