Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизиӊ реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин!

Шавкат Мирзиёев

Президент қарары тийкарында Қызылжар аўыл пуқаралар жыйыны аймағының ишки жоллары жақсыланады

Бүгин, 10-ноябрь күни Мойнақ районы ҳәкими Б.Менглибеков, район прокуроры К.Хасановлар “Қызылжар” АПЖда ислеўши хызметкерлер ҳәм пуқаралар жыйыны аймағы турғынлары, көше бийлери қатнасында ушырасыў өткерилди.

Онда Президентимиздиң 2022-жыл 25-октябрь күни имзалаған   “2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы 408-санлы қарарының мазмун-мәниси кең түрде түсиндирилди.

Соның менен бирге, алдағы ўакытта қарар тийкарында район аймағындағы мәҳәллелерде әмелге асырылатуғын ислер бойынша презентациялық көргизбелер менен түсиндирилди. Буннан соң илаж қатнасыўшылары Президентимизге өзлериниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.

Skip to content Click to listen highlighted text!