Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизиӊ реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин!

Шавкат Мирзиёев

Ҳәким Бахтияр Менглибековтың көшпели қабыллаўы болып өтти

Мойнақ районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Б.Менглибеков Мойнақ районы «Тик-өзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағы, пуқараларының мүрәжатларын еситиў, олар тәрепинен билдирилген мүрәжатларды унамлы шешим табыўы, пуқаралар арасында ҳәзирги күнде қыйнап киятырған машқалаларды үйрениў бойынша пуқаралар қабыллаўын өткерди. Қабыллаўда Төлепова Илиман жасап атырған үйиниң алдында электр тәмийинлеўши кәрханасына тийисли болған бөрен ағашының ҳәзирги күнде ескиргенлигин билдирип, усы бөрен ағашын өзгертип бериўде әмелий жәрдем сораған мүрәжаты тийисли тәртипте үйренип шығылып орынланыўы басшылыққа алынды. Пуқара Ешмуратова Саўлехан жумысқа жайластырыўда әмелий жәрдем сораған мүрәжаты Бәнтликке көмеклесиў орайы директоры Ш.Матмуратов тәрепинен үйренип шығылып жәмийетшилик тийкарында жумыс орынлары ашылған жағдайда бул пуқараны жәмийетшилик тийкарында жумысқа жайластырыўда әмелий жәрдем беретуғынлығын мүрәжатшыға өз орнында түсиндирип өтти. Пуқара Зияўова Базаргул 2 баласына жумыс сорап еткен мүрәжаты тийисли тәртипте үйренип шығылып жақын күнлерде «Интер инженеринг» компаниясының январ айында пуқарларды жумысқа қабыллаў бойынша сәўбет өткеретуғынлығын айтып өтип, усы сәўбетке 2 баласын қатнастырыўды мүрәжатшыға усыныс етип түсиник берди. Пуқара Даўлетиярова Гулжахан қайниси Каюпов Еркинбай ҳәзирги күнде жүрек кеселлиги менен аўырып атырғанлығын билдирип, емлениўи ушын қаржылай жәрдем бериўде әмелий жәрдем сораған мүрәжаты тийисли тәртипте үйренип шығылып мүрәжаттын орынланыўы басшылыққа алынды. Пуқара Алламуратова Турғанбийке қыс айында үйине жағыўы ушын бир рейс отын түсирип бериўде әмелий жәрдем сораған мүрәжаты тийисли тәртипте үйренип шығылып орынланыўы басшылыққа алынып районлық Тоғай хожалығы бөлимине тийисли тапсырлмалар берилди. Пуқара Раметова Абадан жумысқа жайластырыўда әмелий жәрдем сораған мүрәжаты районлық Бәнтликке көмеклесиў орайы директоры Ш.Матмуратов тәрепинен түсиник берилип «Тик-өзек» АПЖ аймағында ҳәзирги күнде бюджет орынларында бос вакант орынлары жоқ екенлиги алдағы ўақытларда бос жумыс орынлары табылған жағдайда жумысқа жайластыратуғынлығын айтып мүрәжатшиге өз орнында түсиник берди.

Skip to content Click to listen highlighted text!