Мойнақ районы ҳәкими, биринши сектор басшысы Бахтияр Менглибеков «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны «Шағырлы» аўылы пуқараларының мүрәжатларын еситиў, олар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың унамлы шешим табыўы, пуқаралар арасында ҳәзирги күнде қыйнап киятырған машқалаларды үйрениў бойынша пуқаралар қабыллаўын өткерди. Өткерилген қабыллаўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Экология ҳәм Арал бойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша секретариат баслығы М.Нурманов қатнасты. Қабыллаўда пуқаралар жумыссызлық мәселеси бойынша мүрәжатлар көп болды.
Буларға район ҳәкими Б.Менглибеков ҳәм Бәнтликке көмеклесиў орайы директоры Ш.Матмуратов тәрепинен түсиник берилип, «Бозатаў» АПЖ аймағында ҳәзирги күнде бюджет орынларында бос вакант орынлары жоқ екенлиги, соның менен бир қатарда жақын күнлерде
«Enter engineering» компаниясына жумысқа қабыллаў ушын сәўбет болатуғынлығы ҳәм усы компанияға жумысқа орналасыў ушын аймаққа бекитилген ҳәким жәрдемшисине керекли ҳүжжетлерди тапсырып сәўбет арқалы жумысқа жайласыўды айтып пуқараларға түсиник берип өтти.
Пуқара Бегжанов Қайырбай «Бозатаў» АПЖ аймағынан арзанластырылған азық аўқат саўда ярмаркасын шөлкемлестирип бериўде әмелий жәрдем сораған мүрәжаты тийисли тәртипте үйренип шығылып аймақ ҳәким жәрдемшиси Ю.Тоғызбаевқа аўыл ишинде ярмарка шөлкемлестирип, бериўде тийисли тапсырмалар берилди.
Пуқара Садиров Турсынбай жасап атырған турақ жайының кадастр ҳүжжетлерсин ислеп бериўде әмелий жәрдем сораған мүрәжаты орнында үйренип шығылып, районлық Кадастр бөлимине тийисли ўазыйпалар белгилеп берилди. Пуқара Алланазарова Арзыхан баласы Реймов Илхамға ID картасын алып бериўде әмелий жәрдем сораған мүрәжаты орнында үйренип шығылып мүрәжатшиге баласының ID картасын алып бериўде жәрдем беретуғынлығын айтып өтти.
Пуқара Сметуллаева Марал баласы Ж.Разаковты жаслар дәптерине киритип бериўде ҳәмде өзине субсидия тийкарында тигиў машынасын алып бериўде әмелий жәрдем сораған мүрәжаты орнында үйренип шығылып аймақтың ҳаяллар белсендиси Э.Елиўсинова ҳәмде жаслар жетекшиси Б.Жексенбаев тәрепинен түсиниклер берип өтилди. Пуқара Уразбаева Гулайса «Мойнак-Порлытаў» жөнелисиндеги автобустың турақлы қатнасыў тәмийинлеп бериўде әмелий жәрдем сораған мүрәжаты тийисли тәртипте үйренип шығылып район ҳәкими Б.Менглибеков тәрепинен мүрәжатшыға ҳуқуқый түсиник берилди. Пуқаралар Хожамуратова Махида ҳәмде Дәўлетмуратова Жумагуллер өзлерин «Ҳаяллар дәптери»не киритип бериўде әмелий жәрдем сораған мүрәжаты орнында үйренип шығылып аймақтың ҳаял-қызлар белсендиси Э.Елиўсинова тәрепинен бул пуқаралардың жасаў шараятлары хатлаў дәўиринде үйренип шығылғанлығы ҳәмде кейинги басқышта дәптерге алынатуғынлығы айтып өтилди. Пуқара Абуева Айгул кийеўи 1-топар нагираны, өмирлик жолдасын Ташкент қаласында емлетиўи ушын Ордер алып бериўде әмелий жәрдем сораған мүрәжаты тийисли тәртипте үйренип шығылып мүрәжатшиге район ҳәкими Б.Менглибеков жәрдем бериў бойынша айтып өтти. Пуқара Нажимова Индира үйиниң алдынан өтип турған жаптан турақ жайына суў ағып кетебергенликтен усы жаптың бир қапталын көмдирип бериўде әмелий жәрдем сораған мүрәжаты тийисли тәртипте үйренип шығылып район ҳәкими Б.Менгликов тәрепинен мүрәжатшиге жәрдем беретуғынлы айтып өтилди. Пуқара Усенбаева Серегул ҳәзирги күнде жасаў шараяты аўыр екенлигин билдирип, материаллық жәрдем бериўде әмелий жәрдем сораған мүрәжаты орнында үйренип шығылып мүрәжатшиге әмелий жәрдем бериў бойынша айтып өтилди. Пуқара Яқыпбаева Амангул баласы Узақбаев Ажиниязды «Жаслар дәптери»не киритип бериўде әмелий жәрдем сораған мүрәжаты орнында үйренип шығылып, жаслар жетекшиси Б.Жексенбаев тәрепинен мүрәжатшиге ҳуқықый түсиник берип өтти.
Уқсас жаңалықлар
Халықты дизимге алыў: оның мазмуны неде?
НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИН ТӘМИЙНЛЕЎ ҲӘМ СУД-ҲУҚЫҚ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР
Мойнақ районында 2025-жыл 1-шерегинде «Пуқаралар басламасы» қоры қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўы ҳаққында есабат