Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизиӊ реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин!

Шавкат Мирзиёев

Өзбекстанның жаңаланып атырған Конституциясы инсан мәплери ҳәм қәдир-қымбатын улығлаўға қаратылған

Мәмлекет парламенти тәрепинен мақулланған ҳәм 30-апрель күни улыўмахалықлық референдумға усыныс етилген Жаңаланған Конституция жойбары пүткил Мойнақ районы халқында үлкен қызығыўшылық оятпақта.

Өзгерислер киритилип атырған Конституцияның мазмун-мәниси инсан мәплери ҳәм қәдир-қымбаиын улығлаўға қаратылғаны менен әҳмийетли. Усыныс етилип атырған өзгерислердиң көпшилиги халық пәраўанлығы, кәмбағаллықты сапластырыў ҳәм жаслардың жәмийеттеги орнын жетилистириўге қаратылған.

Енгизилип атырған жаңа бапларда гендер мәселелери, жаслар ҳәм аймақлар мәселелерине айырықша итибар қаратылған. Мине, усындай өзгерислер менен байытылған Бас нызамымыздың мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаў жумыслары даўам етпекте. Бүгинги үгит-нәсиятлаў илажы районлық Медицина бирлеспеси, 1, 5, 6-санлы улыўма орта билим бериў ҳәм 2-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеплеринде болып өтти.

Илажға Жоқарғы Кеңес депутатлары Р.Мамбетқадиров, Б.Утамбетова, Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры С.Байжанов, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги қәнигеси И.Бекниязов, Мойнақ районлық Кеңеси секретариаты баслығы, районлық Кеңес депутаты К.Насыровалар ҳәм районлық Кеңес депутатлары қатнасты.

Skip to content Click to listen highlighted text!