Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизиӊ реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин!

Шавкат Мирзиёев

Темир дәптерге киритилген шаңарақлардың турақ жайларына бийпул қуяш панеллери орнатылады – Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси шешими

2023-жыл 12-июль күни Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң 71-сессиясы болып өтти. Сессияға Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, секторлар басшылары, мәкеме, кәрхана баслықлары қатнасты.

Дәслеп депутатлар регламентке муўапық сессияның күн тәртибин тастыйықлады ҳәм күн тәртибиндегие 12 мәселени көрип шықты.

Соның менен бирге, қосымша «Районлық жергиликли бюджет мекемелериниң 2023-жыл II шерек қәрежетлер сметасына өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы мәселени қарап шығыў усыныс етилди. Сессия күн тәртибинде төмендеги мәселелер көрип шығылды:

-Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасының 2023-жылдың 6 айы даўамында алып барған жумыслары ҳәм мәҳәллелерге бириктирилген ҳәким жәрдемшилериниң әмелге асырған жумыслары нәтийжелилигин үйрениў нәтийжеси ҳаққында;
-Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды тәрепинен 2023-жылдың биринши ярым жылы даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында;


– Мойнақ районы прокуратурасы тәрепинен 2023-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында;
-Мойнақ районы Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мекемелераралық комиссиясы баслығының есабаты ҳаққында;


-Мойнақ районы Ишки ислер бөлими тәрепинен 2023-жылдың 6 айы даўамында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслар ҳаққында;


-Мойнақ районы Ишки ислер бөлиминиң жәмийетлик қәўипсизлик хызмети тәрепинен 2023-жылдың биринши ярымы дәўиринде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында;
-Мойнақ районы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында;
-Мойнақ районында Балалар мәселелери бойынша комиссия тәрепинен 2023-жылдың 1-ярымы дәўиринде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында;
-Мойнақ районы ҳәкимлигиниң Балаларды қорғаў секторы тәрепинен 2023-жылдың 1-ярымы даўамында исленген жумыслар ҳаққында;
-Халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Сақаўат ҳәм көмек” қоры қаржылары есабынан жәрдем көрсетиў ҳаққында;
-“Сақаўат ҳәм көмек” қоры қаржылары есабынан “Темир дәптер”ге киритилген шаңарақларға қуяш панеллерин сатып алыў ҳаққында;
-Районлық жергиликли бюджет мекемелериниң 2023-жыл II шерек қәрежетлер сметасына өзгерис киргизиў ҳаққында;
-Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң 2023-жыл 19-июн күнги VI-70-101-13-187-К/23-санлы шешимине өзгерис киритиў ҳаққында мәселелер депутатлар тәрепинен додаланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Skip to content Click to listen highlighted text!