Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизиӊ реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин!

Шавкат Мирзиёев

Мойнақ, Қоңырат шегарасында жайласқан аўыл турғынлары менен ушырасыў өткерилди

Жоқары Кеңес комитети баслығы ҳәм Қоңырат, Мойнақ районлары ҳәкимлери еки районның шегарасында жайласқан Қызылжар аўылы турғынлары менен ушырасыў өткерди. Олар халық пенен ашық сәўбетте болып, мәселелерин тыңлады. Аймақ турғынларының мүрәжатларынан келип шығып, Президент басламасы менен мәҳәлелер инфраструктурасын жақсылаўға қаратылған 500 млн.сўм  есабынан еки районнан да қаржы ажыратылып, интернет байланыс тармағын тартыў, жаңа электр бағаналары ҳәм трансформатор орнатыў, жаңа балалар бақшасын салыў сыяқлы халық ийгилиги жолындағы ислерге сарпланады.

Аўыл турғынларының мәселелери тийкарында Жоқары Жоқарғы Кеңестиң Президум қарар жойбары ислеп шығылады ҳәм жойбарды қабыл етиўде халық пенен және бир мәсләҳәтлесиледи. Солай етип, Қызылжар аўылы турғынларының жасаў шараятын жақсылаў бағдарында ҳүкиметимиз тәрепинен қайырлы ислер басланады.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: https://t.me/pressa_moynaq

Skip to content Click to listen highlighted text!