Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизиӊ реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин!

Шавкат Мирзиёев

Мойнақта бос жумыс орынлары керегинен артық жаратылған – ҳәким Б.Менглибеков

Бүгин Мойнақ районы ҳәкими, биринши сектор басшысы Б.Менглибеков “Бозатаў” аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасыў өткерди.

Илажға район прокуроры М.Оразбаев қатнасты. Ушырасыўда ҳәким Б.Менглибеков соңғы ўақытларда район аймағында иске түсирилген жаңа кәрханалар, оларда жаратылған жумыс шараятлары, айлық, мийнет ис ҳақылар ҳәм кәрханалардағы ваканция орынлары ҳаққында мағлыўмат берди. – Мойнақта бос жумыс орынлары керегинен артық жаратылған Шлакаблок, пенаблок ислеп шығарыў кәрханалары ҳәм қалта цехта көп жумысларды техникалар орынлаўына, 2,5-3,5 млн.сўмлық ис ҳақылар берилиўине қарамай пуқараларымыз бул жерлерде жумыс ислемей атыр. Ислеймен дегенге районда жумыс таўылады – деди ҳәким Б.Менглибеков.

Ушырасыўда Президентимиз басламасы менен мәҳәллелерге ажыратылған 500 млн.сўм қаржы тийкарында “Бозатаў” АПЖ аймағына канал қазыў бойынша алып барылып атырған жумыслар додаланып, мәҳәлле турғынларының дийханшылық ҳәм шарўашылығы ушын суў жеткериў мақсетиндеги бул ийгиликли исти нәтийжели алып барыўда Мойнақ районы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими баслығы Ю.Тоғызбаевқа тийисли көрсетпелер берилди.

Басшылардың халық пенен сәўбетинде пуқаралар тәрепинен айырым ишки көшелерди оңлаў, гүз-қыстың жаўынлы, қарлы күнлеринде Мухан аўылдағы мектеп оқыўшыларының қатнаўы бойынша мәселелер сөз етилип, булар бойынша ҳуқықый түсиниклер, тийисли мағлыўматлар берилди.

Ушырасыўдан соң секторлар басшылары мәҳәлледе жайласқан улыўма орта билим бериў мектебиниң гүз-қыс мәўсимине таярлық жумысларын үйренди.

Skip to content Click to listen highlighted text!