Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПФ-213-санлы Пәрманы қабыл қылынды.
Пәрман тийкарында жеңилликлер берилген Мойнақ районындағы «RAYMBEK» фермер хожалығы шарўашылық ҳәм сүт өнимлерин жетилистириў жумысы менен шуғылланып келмекте.
Фермер хожалық ушын айланбадан алынатуғын жыллық салық 8 млн.сум етип есапланған. Президенттиң ПФ-213-санлы Пәрманына муўапық 1 пайызлық ставканың қолланылыўы нәтийжесинде 2 млн.сум есапланып, 6 млн.сум жеңиллик қолланылыўы нәтийжесинде бул қаржылар фермер хожалықтың өзинде қалмақта.
Уқсас жаңалықлар
Халықты дизимге алыў: оның мазмуны неде?
НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИН ТӘМИЙНЛЕЎ ҲӘМ СУД-ҲУҚЫҚ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР
Мойнақ районында 2025-жыл 1-шерегинде «Пуқаралар басламасы» қоры қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўы ҳаққында есабат