2025-жыл 1-февральға шекем районлық банклер филиалларында мәҳәлле кесиминде ислесиў бөлимлери шөлкемлестирилип, оларға “мәҳәлле банкирлери” тайынланады. Сондай-ақ, ҳәр бир мәҳәлледе олар менен бирге ислейтуғын “жәрдемши-агентлер” таңлап алынады .
Аймақлық банклер ҳәм район ҳәкимлери халықты таяр бизнес жойбарлары менен таныстырып барады, оларға әмелге асырыў тәжирийбелери үйретиледи.
«online-mahalla.uz», «bank-kredit.uz» ҳәм «soliq.uz» мәлимлеме системалары интеграцияланып, жуўапкерлерге жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы күнделикли анализленип барылады. Жумысы қанаатландырарсыз болған басшыларға шара көриледи.
Уқсас жаңалықлар
Халықты дизимге алыў: оның мазмуны неде?
НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИН ТӘМИЙНЛЕЎ ҲӘМ СУД-ҲУҚЫҚ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР
Шаңарақлық зорлықтан жәбирленген шахс талабына көре некеден ажырасқанда мүддет тайынланбайды