Исшы топар ағзалары ушын оқыў-семинар шөлкемлестирилди
Мойнақ районы 2-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратында пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳəм өткериў бойынша исшы топар ағзалары ушын оқыў-семинар шөлкемлестирилди.
Онда Өзбекстан Мəҳəллелер аўқамы Мойнақ районлық бөлими, Әдиллик ҳəм Республика Руўҳий ҳəм ағартыўшылық орайы Мойнақ районлық бөлимлери менен биргеликте семинар өткерилди.
Семинарда пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўы ҳаққындағы нызамшылықтың мазмуны ҳəм əҳмийети, исшы топар ағзаларының ўазыйпалары ҳəм ўәкилликлери ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.
Таярлаған: Гүлайым Қуўанышбаева
ҚМУ әмелиятшы студенти
Уқсас жаңалықлар
Халықты дизимге алыў: оның мазмуны неде?
НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИН ТӘМИЙНЛЕЎ ҲӘМ СУД-ҲУҚЫҚ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР
Мойнақ районында 2025-жыл 1-шерегинде «Пуқаралар басламасы» қоры қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўы ҳаққында есабат