Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизиӊ реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин!

Шавкат Мирзиёев

“Жайҳун” мəҳəллеси жаслары менен ушырасыў өткерилди

“Жайҳун” мəҳəллеси жаслары менен ушырасыў өткерилди

️Бүгин Мойнақ районы ҳəкими Б.Менглибековтың “Жайҳун” мəҳəллеси жаслары менен ашықтан-ашық сөйлесиўи болып өтти.

Онда ҳəким жаслардың усыныс ҳəм машқалаларын тыңлады, жаңа имканиятларды жаслар менен бирге додалады.

Ушырасыўда жаслардың жумыс пенен тəмийинлениўи, исбилерменлик ҳəм стартаплар ушын имканиятлар, билимлендириў ҳəм инновациялар, спорт ҳəм мəдениятты раўажландырыў мəселелери талқыланды.

“Сизиң идеяңыз – бизиң келешегимиз!” – деп атап өтти ҳəким. Әсиресе, елимизде жаслар ушын жаңа имканиятлар есиги ҳəмийше ашық екени айырықша мақтаныш етилди.

Таярлаған: Гүлайым Қуўанышбаева
ҚМУ әмелиятшы студенти

Skip to content Click to listen highlighted text!