Жас әўладтың жәмийет ушын керек инсан болып қәлиплесиўинде өзиниң көз нуры ҳәм өмирин сарплап, оларға билим ҳәм тәрбия берип, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында кәмилликке жетиўине ҳәрекет етип атырған, бир сөз бенен айтқанда, Ўатанымыздың ертеңги келешегиниң тырнақ тасын жаратып атырған инсанлардың мийнетлерин қанша қәдирлесек те аз.
Бүгин Мойнақ районындағы “Ақ кеме” балалар дем алыў орайында “1-октябрь – Муғәллимлер ҳәм устазлар күни” байрамы салтанатлы түрде белгиленди
Байрамға район ҳәкими Б.Менглибеков, сектор басшылары, нураный устазлар ҳәм районымыздағы билимленлириў шөлкемлери муғәллимлери, педагог-оқытыўшылары қатнасты.
Байрам илажында район ҳәкими Б.Менглибеков шығып сөйлеп, жасларды илим ҳәм ағартыўшылық жолына баслаған, өзиниң билим ҳәм тәжирийбесин үлескен, соның менен бирге бул мақтанышлы ўазыйпаларды орынлап киятырған устазларды кәсиплик байрамы менен қутлықлады.
Буннан соң тараўда жоқары нәтийжелерге ерискен бир қатар муғәллимлерге билимлендириў ағласы көкирек нышанлары ҳәм ҳүрмет жарлықлар тапсырылды.
Байрам салтанаты районлық мәденият бөлими хызметкерлери, 2-санлы балалар музыка ҳәм көкем өнер мектеби оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Уқсас жаңалықлар
Moynaq rayonında “Huqıqtanıw” pán olimpiyadasınıń rayon(qala)lıq basqıshı bolıp ótti
BRENDINGIZNI RO’YHATDAN O’YKAZING – BIZNESINGIZNI HIMOYA QILING!
“OSON” xizmatlar “Hech bir shaxs hujjatsiz qolmaydi” huquqiy aksiyasi doirasida