Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизиӊ реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин!

Шавкат Мирзиёев

“Репродуктив жастағы ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар, балалар ушын жоқары технологиялық медициналық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў” атамасында ашық сәўбет шөлкемлестирилди

Мойнақ районы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында “Репродуктив жастағы ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар, балалар ушын жоқары технологиялық медициналық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў” атамасында ашық сәўбет шөлкемлестирилди. Илажға Мойнақ районы ҳәкими орынбасары Б.Жамалова, районлық Медицина бирлеспеси шыпакерлери, патронаж мийирбийкелери, мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Ашық сәўбетте балалар өлиминиң алдын алыў, ана ҳәм бала саламатлығын сақлаў, репродуктив саламатлықты қәлиплестириў, ерте турмыс қурыўдың қурыўды болдырмаў сыяқлы мәселелер сөз етилип, булар бойынша ўазыйпалар белгиленип алынды. Ҳаял-қызлар ҳәм балалар саламатлығы бойынша мәҳәлле кесиминде жүз берип атырған қәте кемшиликлер талқыланды ҳәм алдағы ўақытта буларды болдырмаў ушын көрсетпелер берилди. Соның менен бирге, “Репродуктив жастағы ҳаяллар, ҳәмиледар ҳәм балаларға көрсетилеиуғын медициналық жәрдем сапасын асырыў ҳәм көлемин және де кеңейттириў ҳаққында”ғы ПҚ-4513-санлы қарардың орынланыўы бойынша тараў қәнигелери менен сөйлесиўлер алып барылды.

Skip to content Click to listen highlighted text!