Кепилленген сапалы билимлендириўдиң конституциялық-ҳуқықый тийкары беккемленбекте
Ҳәзирги ўақытта Мойнақ районы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларында “Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары бойынша болып өтетуғын референдум бойынша үгит-нәсият жумысларын алып бармақта.
Бундай илаж Мойнақ районындағы Тикөзек аўыл пуқаралар жыйынында өткерилип, оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Р.Мамбетқадиров, Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти А.Мадреймов ҳәм Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги қәнигеси И.Бекниязовлар, аймақ турғынлары ҳәм мектеп жәмәәти менен қатнасты.
Онда сөзге шыққанлар жаңаланып атырған бас Нызамымызға киргизилип атырған өзгерислер менен нормалар бойынша толық мағлыўмат берип өтти.
Уқсас жаңалықлар
Mo’ynoq tumanini 2024-yilda ishsizlik yo’q hududqa aylantirish dasturini tasdiqlash haqida Xalq deputatlari Mo’ynoq tumani Kengashi Qarori
(Қарақалпақша) Өзбекстанның жаңаланып атырған Конституциясы инсан мәплери ҳәм қәдир-қымбатын улығлаўға қаратылған
Xalq deputatlari Mo’ynoq tuman Kengashi deputatlari haqida ma’lumot