Ҳәзирги ўақытта Мойнақ районы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларында “Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары бойынша болып өтетуғын референдум бойынша үгит-нәсият жумысларын алып бармақта.
Бундай илаж Мойнақ районындағы Тикөзек аўыл пуқаралар жыйынында өткерилип, оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Р.Мамбетқадиров, Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти А.Мадреймов ҳәм Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги қәнигеси И.Бекниязовлар, аймақ турғынлары ҳәм мектеп жәмәәти менен қатнасты.
Онда сөзге шыққанлар жаңаланып атырған бас Нызамымызға киргизилип атырған өзгерислер менен нормалар бойынша толық мағлыўмат берип өтти.
Уқсас жаңалықлар
Мойнақ районындағы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары ийелеп турған жер майданларының шегараларын белгилеў ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаиы Кеңесиниң 2024-жыл 30-январь күнги КQ-666-IV-санлы қарарына тийкар жәмийетшилик пикири тийкарында илажларды қәлиплестириў, баҳалаў, таңлап алыў ҳәм де орынланыўын мониторинг қылыў бойынша исши комиссия қурамын тастыйықлаў ҳаққында Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң Шешими
Аймақты социал-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар туўралы Мойнақ районы 4-сектор баслығының есабаты ҳаққында Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң Шешими