Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизиӊ реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин!

Шавкат Мирзиёев

Мойнақта мал урлап, сойып жүргенлер районлық Ишки ислер бөлими тәрепинен иркилип, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта

2021-жыл 15-декабрь күни саат 13:00 лер шамасында Мойнақ районы “Бозатаў” АПЖ турғыны Қ.А тәрепинен районлық ИИБне қоңыраў келип түсти. Ол өз сөзинде, «Бозатаў» АПЖ «Таллық» аўылына жақын жерде, анығырақ етип айтқанда Мойнақ-Қоңырат асфальт жолының күн батыс тәрепинде бийтаныс үш пуқара усы аўылда жасаўшы Н.Сға тийисли болған малды сойып, терисинен шығарып алып кетпекши болып атырғанын көргенлигин, сол бийтаныс шахслар ?606? номерли ақ реңли “Нексия 2” маркалы автомашинасына минип, район аймағындағы “Порлытаў” аўылы тәрепке қарай қашып кеткенлигин баян еткен.

Усы хабарға тийкарланып, Мойнақ районы ИИБ хызметкерлери тәрепинен оператив қыдырыў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде өзгениң мал-мүлкин жасырын рәўиште урлап, талан-тараж етпекши болғанлар Хорезм ўәлаяты Гурлен районы турғыны С.М өзлери жасайтуғын аймақтағы таныслары А.З ҳәм 95 Р 606 СА болған Нексия 2 маркалы автомашинасы басқарыўшысы Т.З лар екенлиги анықланды.

Оларға 2021-жыл 18-декабр күни Өзбекстан Республикасы ЖКниң 25, 169-статьясы 2-бөлими “в” бәнти менен жынаят иси қозғатылып, сол күнниң өзинде иркиўге алынды. Ҳәзирги күнде бул ис бойынша Мойнақ районы ИИБ жанындағы тергеў топары тәрепинен дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

С.А.Хожанов, Мойнақ районы ИИБ жанындағы Тергеў топары тергеўшиси, аға лейтенант

Skip to content Click to listen highlighted text!