Мойнақ районы ҳәкими, 1-сектор басшысы Е.Еденбаев «Қызыл жар» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы жаслардың мүрәжатларын қабыллады.
Қабыллаў даўамында жаслардан Жарас Азенов, Жандос Жолдасбаев ҳәм Нурбек Тлеўбаевлар жумыс пенен тәмийинлеўди айтып билдирген мүрәжаты ҳәр тәреплеме үйренип шығылып, оларға ҳәр бир жасқа 1 гектар жойбары тийкарында жер майданын ажыратыў, соның менен бир қатарда жеңиллетилген кредитлер есабынан нәсилли қой, ешкилерди алып бериўди усыныс етти.
– Мен бүгинги ушырасыўда қарындасыма жеңиллетилген кредит есабынан аўыл ишинен ҳаял-қызлар гѳззаллық салонын ашыўда әмелий жәрдем сорап мүрәжат еттим. Ҳәким Е.Еденбаев «Агробанк»тиӊ Мойнақ филиалы тәрепинен жеңиллетилген кредит ажыратып берилетуғынын билдирип өтти – дейди, усы аймақ турғыны Тимур Өтеўов.
Сондай-ақ, Қайырхожа Бекажанов ҳәзирги күнде шаңарақ ағзаларынан 2 жас студент екенлигин билдирип контракт пулларының мәлим муғдарын төлеп бериўде әмелий жәрдем сорап еткен мүрәжаты бойынша жаслар фонды тәрепинен төлиниўи усыныс етилди.
Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
Уқсас жаңалықлар
Халықты дизимге алыў: оның мазмуны неде?
НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИН ТӘМИЙНЛЕЎ ҲӘМ СУД-ҲУҚЫҚ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР
Мойнақ районында 2025-жыл 1-шерегинде «Пуқаралар басламасы» қоры қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўы ҳаққында есабат