Бүгин социаллық тармақларда усы жылдыӊ май айында Мойнақ қаласында болып өткен “СТИХИЯ” халықаралық электрон музыка, көркем-өнер ҳәм илим-пән фестивалыннан соӊ «Кемелер қойымшылығы»нда шығындылар көбейип кеткени ҳаққында сын материаллар жарияланды.Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы ҳәмде Мойнақ районы ҳәкимлиги төмендегилерди мәлим етеди.
6-8 май күнлери Мойнақ қаласында “СТИХИЯ” халықаралық электрон музыка, көркем-өнер ҳәм илим-пән фестивалына таярлық көриў ҳәм фестивальди өткериў даўамында “Факультет акустики” ЖШЖ, Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт Бас басқармасы, Мойнақ районы ҳәкимлиги, соныӊ менен бирге тийисли министрлик ҳәм мәкемелер тәрепинен илажди шөлкемлестириў бойынша бир қатар ислер әмелге асырылып барылды.
Солар қатарында, Мойнақ районлық абаданластырыў басқармасы ҳәм “Тоза ҳудуд” МУК тәрепинен фестивальда шет елли мийманлардыӊ дем алыў аймағынан шығындыларды турақлы түрде өз ўақтында алып шығыў ислери әмелге асырылып барылды.
Бүгинги күнде Мойнақ қаласында пайда болған шығындылар жуўапкер мәкемелер тәрепинен ҳәр күни сапластырылып барылмақта.
Уқсас жаңалықлар
Халықты дизимге алыў: оның мазмуны неде?
НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИН ТӘМИЙНЛЕЎ ҲӘМ СУД-ҲУҚЫҚ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР
Мойнақ районында 2025-жыл 1-шерегинде «Пуқаралар басламасы» қоры қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўы ҳаққында есабат