Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизиӊ реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин!

Шавкат Мирзиёев

“Эл-юрт умиди” қоры 2023-жылғы 2-ашық стипендия таңлаўын жәриялады

Қор тәрепинен раўажланған сырт ел мәмлекетлериниң абыройлы университетлери ҳәм илимий орайларында бакалавриат, магистратура ҳәм докторантурада тәлим алыў ушын:

бакалавриат тәлим бағдарламасы ушын 22 орын;

магистратура тәлим бағдарламасы ушын 193 орын;

докторантура тәлим бағдарламасы ушын 130 орынға стипендиялар ажыратылады.

Стипендия таңлаўына талабанлардың ҳүжжетлерин қабыллаў усы жылдың 10-октябринен
10-ноябрь сәнесине шекем, республиканың бәрше аймақлары ўәкиллери ушын бирден-бир тәртип ҳәм тең имканият тийкарында қабыл етиледи.

Таңлаў менен байланыслы бәрше мағлыўматлар “Эл-юрт умиди” қорының www.eyuf.uz сайты арқалы берип барылады.

Талабанлар ушын керекли мағлыўматлар Қордың Онлайн ҳүжжет тапсырыў платформасында толық берилген http://admission.eyuf.uz.

Қосымша сораўларға жуўапларды (71 203 14 41, 71 203 00 47, 71 203 00 48, 71 203 00 53) телефон номери ямаса Қордың https://t.me/EYUF_Admission_2023bot рәсмий бот каналы сондай-ақ, info@eyuf.uz электрон почта мәнзили арқалы алыўыңыз мүмкин.

Skip to content Click to listen highlighted text!