Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизиӊ реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин!

Шавкат Мирзиёев

Биринши сектор аймағында көшпели қабыллаў өткерилди

Мойнақ районы ҳәкими Б.Менглибеков ҳәм секторлар басшылары тәрепинен “Тикөзек” аўыл пуқаралар жыйыны аймағы турғынлары ушын көшпели қабыллаў өткерилди
Қабыллаў даўамында “Тикөзек” аўыл пуқаралар жыйыны аймағы турғынларының жасаў шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылған ҳәм алдағы ўақытта исленетуғын қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында атап өтилди.

Көшпели қабыллаў даўамында пуқаралар пуқаралар тәрепинен көтерилген мәселелердиң айырымлары сол орынның өзинде шешим тапқан болса, шешилиўи ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Қабыллаўдан соң район ҳәкими мәҳәлле турғынлары менен биргеликте “жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги илажларды әмелге асырды.

 

Skip to content Click to listen highlighted text!