Бүгин Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң 79-сессиясы болып өтти
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 23-24 феврал күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берген тапсырмалары ҳәм мәмлекет басшысы басшылығында 25 феврал күни өткерилген 16-санлы жыйналыс баянына тийкар Ташкент ўәлаяты ҳәкимлигине Мойнақ районын ҳәр тәреплеме социаллық-экономикалық раўажландырыўға жәрдем бериў ўазыйпасы жүклетилди.
Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен район халқының турмыс шараятын жақсылаў ҳәм пәраўанлығын асырыў, социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде ўәлаяттың жергиликли бюджетиниң қосымша ҳәм басқа дереклер есабынан бүгинги күнге шекем көплеген илажлар алып барылмақта.
Бүгин, 25-декабр күни Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң гезектеги жетпис тоғызыншы сессиясында Ташкент ўәлаяты тәрепинен Мойнақ районында 2022-2023-жылларда әмелге асырылған жумыслар нәтийжелилиги ҳәм 2024ғжылда әмелге асырылатуғын аҳмийетли ўазыйпалар бойынша есабаты тыңланды.
Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң 79-сессиясына зоом платформасы арқалы Ташкент ўәлаяты ҳәкими З.Мирзаев ҳәм ўәлаяттың қала, район ҳәкимлери, Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутатлары, район белсендилери қатнасты. Сессияны Мойнақ районы ҳәкими, Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси баслығы Б.Менглибеков алып барды. Дәслеп сессия хаткерлигине “Аэропорт” сайлаў округи депутаты А.Тлеўов сайланды. Соннан соң күн тәртибине киритилген мәселе бойынша Ташкент ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары А.Абдуллаевтың баянаты тыңланды.
А.Абдуллаев социаллық тараў объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм толық оңлаў бағдары бойынша алып барылған жумысларға тоқтап өтти.
– Ташкент ўәлаяты ҳәм Мойнақ районы ҳәкимликлери биргеликте жәми 32, 0 млрд. сум баҳадағы 77 социал тараў объектлерин қурыў, оңлаў ҳәм үскенелеў жумысларын әмелге асырыў бойынша “Жол картасы”н ислеп шығылды. Бүгинги күнге шекем Ташкент ўәлаяты жергиликли бюджетинен бул илажлар ушын 16,5 млрд. сум ақша ажыратылды. Атап айтқанда, улыўма орта билим бериў мектеплери бойынша “Қазақдәрья” АПЖдағы 15-санлы мектеп капитал ремонтланды (1, 5 млрд. сум), “Үшсай” АПЖдағы 4-санлы мектептиң филиалына жаңа спорт залы қурылды (1, 3 млрд. сум), “Дослық” МПЖдағы 5-санлы мектептиң спорт зал қурыў жумыслары жуўмақланды ҳәм ушын 1, 1 млрд. сум көлемдеги жумыслар әмелге асырылды, “Бозатаў” АПЖдағы Қаражар аўылындағы 9-санлы мектеп филиалы капитал ремонтланды (337 млн. сум), ҳәм райондағы басқа мектеплер 226 млн.сум баҳадағы спорт инвеньтарлары менен тәмийинленди – деди ол.
Соның менен бирге, Ташкент ўәлаяты тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери бойынша да бир қатар ийгиликли ислер әмелге асырылды. Соннан “Бозатаў” АПЖдағы “Қыпшақдәря” аўылында 50 орынлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурылды ҳәм 2,7 млрд.сум көлемдеги жумыслар әмелге асырылды, “Тик өзек” АПЖдағы 12-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ремонтлады. (434 млн. сум). Ден саўлықты сақлаў ҳәм социаллық қорғаў мәселелерине итибар қаратылды. Атап айтқанда Мойнққ районы медицина бирлеспесине тез жәрдем бөлими қурыў жумысларының 80 проценти тамамланды ҳәм 850 млн. сум көлемдеги жумыслар әмелге асырылды, сондай-ақ медицина бирлеспеси 76,2 млн. сумлық медицина үскенелери менен толық тәмийинленди.
А.Абдуллаев баятында Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен райондағы кем тәмийинленген шаңарақлардың 24 дана ағзалары ушын медициналық операциялар әмелге асырылғанлығы ҳәм бул мақсетлер ушын 85, 2 млн. сум пул қаржыландырылып берилгенлигин атап өтти.
– Район орайында ҳәм “Ҳәким ата” АПЖда 984 млн. сум қаржы есабына китапхана қурылыс жумыслары жуўмағына жеткезилип, көркем әдебий китаплар менен тәмийинленди. “Қазақдәрья” АПЖ имараты оңланды ҳәм 322 млн. сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылды. Күшли самал ақыбетинде төбеси қулап түскен 2 көп қабатлы турақ жай биналарының төбеси 122, 6 млн. сум қаржы есабынан қайта ремонтланды – А.Абдуллаев баянатын даўам еттирди:
– Район дағы барлық мектепге шекемги билимлендириў мәкемелерине 56, 4 млн. сумлық ишимлик суў ўаилтрлери орнатылды. “Ҳәким ота” АПЖ Дослық аўылында, Бозатаў АПЖ Қыпшақдәрйә ҳәм Шағырлы аўылларында, Мойнақ МПЖ, Қазақдәрья АПЖ, Қызылжар АПЖ Ақбасы аўылында, Мәдели АПЖдағы 11-12 санлы мектеплерде жәми болып 4,5 млрд. сум есабына 8 спорт майданшалары қурып питкерилди. “Қазақдәрья” аўыл пуқаралар жыйынында 4, 5 км ҳәм “Тик өзек” аўыл пуқаралар жыйынында 3 км. ишки жоллар оңланды ҳәм 1, 1 млрд. сум көлемдеги жумыслар әмелге асырылды.
“Жасыл мәкан” бағдарламасы шеңбериндеги 95 млн. сумлық ҳәрқыйлы түрдеги терек нәллери егилди.
Соның менен бирге, Ташкент ўәлаяты жергиликли бюджетиниң резерв ўаонды қаржлары есабынан Мойнақ районындағы “Жаслар бағы”на аймақтың ықлымына сәйкез шөлге ҳәм ыссыға шыдамлы декоратив көринисли нәллер жеткезип берилиўи ҳәм егилиўи менен байланыслы қәрежетлер у 133, 4 млн. сум қәрежетти қурады.
Мойнақ районындағы аўыр турмыс шараятында жасаўшы шаңарақларға тийисли турақ жайларды ремонтлаў, Мойнақ районында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар бойынша да нәтийжели жумыслар әмелге асырылды. Ташкент ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары А.Абдуллаев өз баянатында мине усы мәселелерге де тоқтап өтти.
Соннан соң сессия қатнасыўшыларының пикир, усыныслары тыңланды ҳәм сөзге шыққанлар Мойнақ районы халқының жасаў шараятын жақсылаў бағдарында алып барылған Ташкент ўәлаятының бул ағалық ғамқорлығы ушын миннетдаршылық билдирди.
Депутатлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-феврал күнги “Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында”ғы 52-санлы қарары бойынша Мойнақ районында белгиленген ўазыйпалар толық ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша шешим қабыллады. Соның менен бирге, Ташкент ўәлаяты ҳәкими З.Мирзаев Мойнақ районына алдағы ўақытта да жәрдем қолын созатуғынлығын ҳәм А.Абдуллаевқа 2024-жыл даўамында исленетуғын жумыслар бойынша сессияда билдирилген пикир, усыныслардан, үйрениў жумысларын алып барыў ҳәм өзи тәрепинен берген көрсетпелерине муўапық “жол карта”сын ислеп шығыў ўазыйпасын тапсырды.
Уқсас жаңалықлар
Халықты дизимге алыў: оның мазмуны неде?
НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИН ТӘМИЙНЛЕЎ ҲӘМ СУД-ҲУҚЫҚ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР
Мойнақ районында 2025-жыл 1-шерегинде «Пуқаралар басламасы» қоры қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўы ҳаққында есабат