Бүгин Мойнақ районы ҳәкими басшылығындағы ҳәким орынбасары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм районымыздағы исбилерменлерден ибарат делегация ағзалары Ташкент ўәлаятында болып турыпты.
Дәслеп Ташкент ўәлаяты ҳәкимлигинде жуўапкерлер қатнасында жыйналыс өткерилди. Онда Ташкент ўәлаяты тәрепинен Мойнақ районында 2023-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2024-жыл ушын белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.
Жыйналысқа басшылық етип атырған Ташкент ўәлаяты ҳәкиминиң биринши орынбасары Абдирасул Абдуллаев ўәлаят исбилерменлерине Мойнақ районында инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бойынша усынысларын билдирди.
Соннан соң Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Менглибеков исбилерменлерге жаратылған жеңиллик ҳәм имканиятлар ҳаққында көплеген мағлыўматлар берди.
Уқсас жаңалықлар
Халықты дизимге алыў: оның мазмуны неде?
НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИН ТӘМИЙНЛЕЎ ҲӘМ СУД-ҲУҚЫҚ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР
Мойнақ районында 2025-жыл 1-шерегинде «Пуқаралар басламасы» қоры қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўы ҳаққында есабат