2024-жыл 26-март күни социаллық тармақларда Мойнақ районы “Қазақдәрья” АПЖ аймағы турғыны Қайырбай Қурбанбаев тәрепинен турақ жайын шиферлаў мәселеси бойынша билдирилген мүрәжаты тарқалды.
Бул бойынша Мойнақ районы “Қазақдәрья” аўыл пуқаралар жыйыны жәмәәти төмендегилерди мәлим етип билдиреди.
“Қазақдәрья АПЖ бойынша 169-жай шиферланыўға, 6 турақ жай қайта ислеўге усыныс берилди. Усы күнге шекем 6 турақ жай өрилип, 13 жай шиферланды. Бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда Ташкент ўәлаяты қәўендер етип бириктирилген ҳәм жумыслар басқышпа басқыш алып барылмақта. Қурылыс жумысларын даўам еттириў ушын қаржы мәселеси шешилгеннен соң биринши нәўбетте мәҳәлле турғыны Қайырбай Қурбаевтың турақ жайы имараты ислеп берилетуғынлығын мәлим етип билдиремиз” – деп келтирилген мәҳәәле жетилигиниң мәлимлемесинде.
Уқсас жаңалықлар
Рәсмий мағлыўмат
РАДДИЯ: МОЙНАҚТА СЕКСЕЎИЛ ҲӘМ ОТЫН ШАЎЫЎҒА ТАПСЫРМА БЕРИЛМЕДИ
Рәсмий: Бүгинги күнде Мойнақ районында суў менен байланыслы ҳалат қандай?