Социаллық тармақларда Мойнақ районы ҳәкими сексеўил ҳәм отын шаўып атырған район халқына тийменлер деп, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлимине тапсырма бергенлиги ҳаққында хабар жәрияланды.
Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бул хабарға раддия билдиреди.
Себеби, Мойнақ районы ҳәкими тәрепинен қабыл етилген қарарлар жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары тәрепинен қабыл етилетуғын қарарларды ислеп шығыў, келисиў ҳәм дизимнен өткериудиң бирден-бир электрон ашық системасында жәрияланады.
Бүгинги күнде бул системада Мойнақ районы ҳәкиминиң сексеўил ҳәм отын шаўып атырған район халқына тиймеў бойынша норматив-ҳуқықый ҳүжжети дизимнен өтпеген.
Уқсас жаңалықлар
Халықты дизимге алыў: оның мазмуны неде?
НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИН ТӘМИЙНЛЕЎ ҲӘМ СУД-ҲУҚЫҚ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР
Мойнақ районында 2025-жыл 1-шерегинде «Пуқаралар басламасы» қоры қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўы ҳаққында есабат