Район аймағының абаданлығы ҳәм тазалығы – халық саламатлығының тийкарғы факторы. Ал, оны сақлаў елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ең әҳмийетли ўазыйпаларының бири.
👆Ҳүрметли пуқаралар!
👆Қала әтырапында, сондай-ақ, кѳше бойларында санитариялық жағдайларды жақсылаў, өзимиз жасап атырған әтираптың тазалығы, абаданлығын сақлаў мақсетинде ири ҳәм майда шақлы шарўа малларын тийисли тәртипте ветеринария қағыйдаларына әмел еткен ҳалда ѳз қораларында бағыў яки ийеси қадағалаўында тийисли тәртипте белгиленген майданда жайыўы тийис.
👆Ири ҳәм майда шақлы шарўа маллары тәрепинен кѳше бойларында егилген мийўели ҳәм декоратив терек нәллерин набыт (пайхан) қылынған ҳалатлары анықланған жағдайда қоршаған орталық, сондай-ақ, тәбиятқа келтирилген зыян ушын мал ийелерине тийисли тәртипте, әмелдеги нызам ҳүжжетлерине тийкар ҳәкимшилик шаралары қолланылып, жәриймаға тартылатуғынлығын ЕСКЕРТЕМИЗ!
Уқсас жаңалықлар
Мойнақ районлық Абаданластырыў басқармасы район турғынларына ескертиў жоллайды!
Дыққат хабарландырыў!
Мойнақ районы турғынлары дыққатына!