Нызамшылықта ийт сақлаўға байланыслы талаплар бар. Бунда ийт ийелериниң мәжбүриятлары, көп қабатлы турақ жайларда қалай сақлаў керек, көшелерде қалай алып жүриў кереклиги атап өтилген. Соның менен бирге, ийесиз ҳәм қаңғымай ийтлерди Абадандастырыў басқармасының Қараўсыз қалған ийтлерди тутыў бөлими хызметкерлерине тапсырыў белгиленген.
Деген менен, көпшилик ийт ийелериниң бийпарықлығы себепли ийтлердиң топарласып орайлық көшелерде жүриўлери жәмийетимиз ушын, әсиресе, мектеп жасындағы балалардың мектепке барыўы ҳәм қайтыўында үлкен қәўип туўдырмақта.
Жоқардағыларды есапқа алған ҳалда егер ийесиз ийтлердиң ҳәрекетлениў жағдайлары ушырасса, Мойнақ районлық Абаданластырыў басқармасы тәрепинен оларды тутыў илажлары алып барылатуғынлығын ҳәм нызам талапларға бойсынбаў жуўапкершиликке себеп болатуғынын ескертеди.
Уқсас жаңалықлар
👆Ҳүрметли пуқаралар!
Дыққат хабарландырыў!
Мойнақ районы турғынлары дыққатына!