Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизнинг ислоҳатларимизга гумон қилса, Мўйноқга келиб кўрсин!

Шавкат Мирзиёев

2022-йил 3-чорак якуни бўйича ички ишлар бўлими раҳбарининг ҳисобати

3-сектор аймағына 3 аўыл пуқаралар жыйыны бириктирилген болып, олардағы 1746 шаңарақта 9287 пуқара жасап келмекте. Соннан еркеклер 4692, ҳаяллар 4595, жаслар 3616 қурайды. Сектор аймағында мектеплер саны 6, мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 6 ҳәм шаңарақ поликлиникасы 3 болып, халық хызметинде жумыс алып бармақта.

“ТЕМИР ДӘПТЕР”

2020-жыл 24-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында видеоселектор тәризинде өткерилген мәжилисте белгилеп берилген көрсетпе ҳәм тапсырмаларға тийкар социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм пандемия дәўиринде қыйын аўҳалда қалған кем тәмийинленген ҳәм көп балалалы шаңарақлар, нураныйлар, нәгиранлар, бағыўшысын жоғалтқан, кесел, жумысқа жарамсыз ҳәм жумыссыз қалған пуқаралардың дизими сектор, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары кесиминде қәлиплестирилип 245 шаңарақ “Темир дәптер”ге киритилген.

2022-жыл январь айынан усы күнге дейин 3-секторда 19 мүтәж шаңарақлар ҳәм олардағы 75 шаңарақ ағзалары “Темир дәптер”ге киритилди.

Социаллық жәрдемге мүтәж 75 шаңарақ ағзаларынан 22 яғный 29,3 пайызы мийнетке жарамлы екенлиги анықланды.

Ҳәзирде 18 мийнетке жарамлы шаңарақ ағзаларының бәнтлиги тәмийинленип, 4 жумыссыз қалмақта.

Есапта қалған шаңарақлардың жасаў шараятын жақсылаў мақсетинде хәр бирине жергиликли исбилермен қәўендерлер, “Қайыр-сақаўат ҳәм көмек” қоры ҳәм жергиликли ҳәкимият тәрепинен материаллық жәрдемлер берилип келинбекте.

“ҲАЯЛЛАР ДӘПТЕРИ”

2021-жыл 8-январь күнги Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Ҳаял-қызларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша ис-иләжлар туўрысында»ғы қарарына ҳәмде Халық депутатлар Мойнақ районы Кеңесиниң 2022-жыл 29-апрель күнги VI-45-73-13-187-К/22-қарарына тийкар 3-басқышта “Ҳаяллар дәптерине” жәми 98 ҳаял-қызлар киритилди.

Соннан, социаллық қорғаўға мүтәж болған 45 хаял-қызлар жәмийетшилик жумысларына орналастырылды.

Исбилерменлик пенен шуғылланыўды билдирген 12 хаял-қызларға толығы менен жеңиллестирилген кредит алыўына жәрдем көрсетилди.

Бағыўшысы болмаған 19 хаял-қызларға социаллық жәрдемге мүтәж 1 ҳәм 2 топар нәгиранлығы болған 15 хаял-қызларға ҳәм де қараўында нәгиран перзенти болған 7 хаял-қызларға 1 млн 80 мың сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетилди.

“Ҳаяллар дәптери”не киритилген 98 ҳаял-қызлардың толығы менен ҳәммесине жәрдем көрсетилди. (100 %).

“ЖАСЛАР ДӘПТЕРИ”

3-сектор аймағында жасаўшы 9287 пуқаралардың 3616 жаслар қурайды. “Жаслар дәптери”не киритилген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы “Жаслар дәптери”нен шығарыў иләжларын көриў бойынша тапсырмаға тийкар 3-сектор аймағынан усы күнге дейин 90 жас ҳәр түрли жөнелислер бойынша “Жаслар дәптери”не киритилди. Усы дәптерге киритилген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар алып барылған болып, бүгинги күнге дейин 3-сектор аймағынан 73 жас (81,1%) “Жаслар дәптери”нен шығарылған. Ҳәзирги күнде “Жаслар дәптери”нде 17 жас қалған болып, оларға жәрдем көрсетиў шаралары көрилмекте.

Жәрдем көрсетилген жаслар:

4 турақлы жумыс пенен тәмийинленген;

12 жоқары оқыў орынларда оқыўы ушын контрак пуллары төлеп берилген;

5 бир мәртелик материаллық жәрдем берилген;

46 өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде әсбап-үскене алып берилген;

3 дийханшылық пенен шуғылланыўы ушын жер майданлары ажыратылып берилген;

1 жеңиллестирилген кредит алып берилген;

1 автотранспорт қуралын басқарыўға гуўалық алыўы ушын оқыўға пуллары төлеп берилген;

1 өзиниң қәлеўи менен сырт елге жумыс ислеўге кетип бәнтлиги тәмийинленген.

“ИСБИЛЕРМЕНЛИК”

Халықты исбилерменликке тартыў мақсетинде 2022-жылдыңғ 8 айы даўамында шаңараққа тийисли исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде “Мадели” аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 32 пуқараға 543 млн, “Қазақдарья” аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 46 пуқараға 826 млн ҳәм “Үшсай” аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 18 пуқараға 240 млн жәми 1 млрд 610 млн сумлық жеңиллестирилген кредитлер ажыратып берилди.

“СОЦИАЛЛЫҚ ТАРАЎ”

3-сектор аймағындағы социаллық объектлерди үйрениў нәтийжесинде әмелге асырылған жумысларды айтып өтсек, “Мадели” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 4,3 км узынлықтағы 461 млн сумлық электр тармақларын тартыў ҳәм алмастырыў бойынша жумыслар режелестирилген болып, соннан усы күнге дейин 3 км узынлықтағы 252 млн сумлық электр тармақлары алмастырылып режениң 46% пайызы, 1 трансформатор орнатыў режелестирилген болып, режеге тийкар орнатылып 100% пайызы, 2 км узынлықтағы газ тармақларын жаңадан тартыў режелистирилген болып, толығы менен тартылып режениң 100% пайызы орынланған.

“Қазақдарья” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында узынлығы 7,2 км болған суў тармақларын жаңалаў яки реконструкция қылыў жумыслары режелестирилген болса толығы менен әмелге асырылған, 31 км узынлықтағы электр тармақларын тартыў ҳәм алмастырыў бойынша жумыслар режелестирилген болса соннан ҳәзирде 19,4 км тартылған, режеге тийкар 8 дана трансформатор орнатылыўы лазым болып, артығы менен 20 дана трансформаторлар орнатылған. 4,7 км узынлықтағы жолларға тас-шағал төсеў режелестирилген болса (каменно-щебеночная песчаная смесь) артығы менен 7,3 км жолларға 9 мың 400 тонна тас шағал жатқызылған.

“ПРЕЗИДЕНТ САПАРЫНДА БЕРИЛГЕН ТАПСЫРМАЛАР”

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М. Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24 февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм 25 февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баяны талапларын орынлаў бойынша Мойнақ районы “Қазақдарья” аймағына ишимлик суў тармақларын тазадан қурыў мақсетинде 2022-жыл 1-апрель күнине жарамсызлық актын ислеп шығыў, 2022-жыл 1-май күнине жойбар смета ҳүжжетлери ислеп шығыў белгиленген.

Ҳәзирги ўақытта “ӨзСуўТәмийнаты” АЖ, “Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў объектлери қурылысы бойынша “Инжиниринг компанияси”” аймақлық басқармасы тәрепинен 2022-жыл 10-март күнги №146-01/04-санлы хатына тийкар Мойнақ районы ҳәкиминиң ишимлик суў тармақларын реконструкция қылыў ҳәм тазадан ақаба суў тармақларын қурыў бойынша 2022-жыл 16-март күнги

69-13-187-Q/22-санлы қарары тастыйықланған болып, “Қазақдарья” аўыл пуқаралар жыйыны “Мүйтен” аўылына ишимлик суў тармақларын тазадан қурыў бойынша акт ислеп шығылған. Бүгинги күнде жойбарлары ҳәм смета ҳүжжетлери ислеп шығылған, экспертиза жуўмағы алынған, тендер саўдаларына қойылған.

Тендер саўдасында “Гидромонтажстрой” ЖШЖ жеңимпаз деп табылған ҳәзирде қурылыс, монтаж жумыслары алып барылмақта.

“Қазақдарья” аўыл пуқаралар жыйыны “Даўкемпир” аўылына медициналық пункт контейнерлери орнатылған. Бүгинги күнде әтирапын абаданластырыў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.

“Қазақдарья” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 17,5 гектар жер 35 мүтәжлиги бар (“темир дәптер”, “ҳаяллар дәптери” “жаслар дәптери”) киритилген шаңарақларға ажыратып берилди. Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасı Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 18-май күнги 286-13-0-Q/22-қарарына тийкар Мойнақ районы ҳәкиминиң 142-13-187-Q/22-қарары тастыйықланып салы эгилетуғын жер майданлары белгинип, салы егилген.

Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында “жасыл қатламлар” жаратыў мақсетинде 100 мың гектар майданына 590 мың 339 тонна шөл өсимликлери егилген.

Суўғарылатуғын жерлерди самал эррозиясынан сақлаў ушын “Қазақдарья” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Даўкемпир” фермер хожалығының 9 гектар жер майданына 7,500 түп тут нәли, 7,500 түп ясень нәли ҳәм 7,500 түп қарағаш нәллери егилген.

 Р.Турғанбаев, Мойнақ районы 3-сектор баслығы

Skip to content Click to listen highlighted text!