Welcome to muynak   Click to listen highlighted text! Welcome to muynak

Кимдур бизнинг ислоҳатларимизга гумон қилса, Мўйноқга келиб кўрсин!

Шавкат Мирзиёев

2022-йил 3-чорак якуни буйича Давлат солиқ инспекцияси Мўйноқ тумани бўлими раҳбарининг ҳисобати

Мойнақ районында жәми 12 мәҳәлле бар болып, “Мойнақ” ҳәмде “Дослық”  мәкан пуқаралар жыйынлары 4-секторға бириктирилген.   4-секторға бириктирилген маҳаллелерде  1070 хожалықта, 1340 шаңарақ ҳәмде 5810 халық жасайды. 4-сектор аймагында 3 мектеп, 4 МШБМ, 2 медицина бирлеспеси жайласқан.

Ɵзбекистан Республикасы Министирлер Кеӊесиниӊ 2021-жыл 25-апрелдеги 250-санлы қарарына муўапық 4-сектор аймағында “Темир дәптер”ге  социаллык қорғаўға мүтаж, жасаў шараяты аўыр 138 шаңарақ киритилген болып, алып барылған мәнзилли ислер натийжесинде район Халық депутатлары Кеӊеси қарарлары тийкарында 133 шаңарақ (96,3%) “Темир дәптер” дизиминен  шығарылды ҳәмде ҳәзирги күнде социал қорғаўға мүтаж болған 5шаӊарақ (3,7%)  “Темир даптер” дизиминде бар.

Социаллық, экономикалық, ҳуқуқый, психологик қоллап-қуўатлаўға мүтәжлиги, билим ҳәмде кәсип үйрениўге қызығыўшылығы болған жумыссыз ҳаял-қызлар  Министирлер Кеңесиниң 2021-жыл 28-апрелдеги 250-санлы қарарына муўапық 4-сектор аймағынан 105 ҳаял-қызлар “Хаяллар дәптери” дизимине киритилди.(Соннан “Мойнақ” МПЖдан 51, “Дослық” МПЖдан 54,)

Мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилериниң усыныслары менен “Хаяллар дәптери” дизиминдеги хаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мақсетли жамғармалары қаржылары есабынан:

59 хаял-кызларға ҳәр бирине 1млн 80мың сўмнан бир мәртелик қаржылай жәрдемлер берилди. (суммасы: 63млн 720 мың сўм;)

Ижарада жасап жүрген 3 ҳаял-қызларга ижара пуллары тѳлеп берилди.

17 ҳаял-кызларга субсидия тийкарында тигиў машиналары алып берилди (суммасы: 67млн 966мын сўм;) 11 ҳаял-қызларға миксерлер,микро толқынлы печкалар алып берилди.(суммасы:10млн 107мын сўм;)

8 хаял–қызларға ѳз исбилерменлигин жолға қойыў ушын жеңиллетилген кредитлер алып бериўде әмелий жәрдемлер берилди.

3 хаял-қызларга хәр турли ширинлик ѳнимлерин  таярлаў курсларында оқытылды хәмде сертификатлар берилди.

Ɵзбекистан Республикасы Министирлер Кабинетиң 2021-жыл 24-июль күнги “Социаллық қорғауга мүтаж халықтын үй-жай шараяатларын жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлары хаққында” ғы 459-санлы қарарына муўапық  социаллық қорғаўга мүтәж орташа айлық дәраматлары қарыздарлықларды тѳлеў ушын жетерли болмаған пуқаралардың ипотека кредит қарызларын Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси жанындағы “Халқпарвар” комиссиясының жуўмагы менен унамлы деп табылған  пуқаралардың ипотека кредит қарызларын қаплаў ушын кепилликлер бериў белгиленген.

“Дослық”мәхаллеси  аймагындагы социаллық қорғауга мүтәж ис-хақы дәраматы жоқ болган 5 хаял-қызларға (Бердимуратова Роза 18млн 788мын сум, Жумамуратова Бибисара 21млн 777мын сум, Камалова Гульмира 13млн 998мын сум, Сабырханова Гоззал 21млн 907мын сум, Юсупбаева Айымгуль 11млн 934мын сум, жами:88млн 406мын сум) ипотека кредити қарыздарлықларын тѳлеп бериўге кепилликлер берилди.

Мәхәллелердеги жаслар жетекшилери тәрепинен 16-30 жастағы 1мың 270 жаслардың (100%) жаслар балансы қәлиплестирилди.

Социаллық, экономикалық, хуқуқый, психологик қоллап-куўатлауға мутажлиги хәмде билим, кәсип уйрениўге қызығыўшылығы болған жаслардан 77жас “Жаслар дәптери” дизимине алынды.

Кѳрилген әмелий ис-илажлар нәтийжесинде 46 жас (59,8%) “Жаслар дәптери” дизиминен шығарылды. Жаслар жетекшилериниң усыныслары тийкарында “Жаслар дәптери” дизимине киритилген жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шѳлкемлестирилген мақсетли жамғарма қажылары есабынан;

12 жасқа тѳлем-контракт суммалары тѳлеп берилди. 16млн 800мың сўм;

12 жасқа өз қәбилетин қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржылай жәрдемлер берилди. 13млн 300 мын сўм;

5 жасқа субсидия тийкарында әсбап-ускенелер алып берилди.  10млн 259мын сум;

1 жаска исбилерменлигин жолға қойыўда имтиязлы кредит алыўда әмелий жәрдемлер берилди. (Кредит суммасы 12млн 850мың сўм;)

3 жастың Мүддетли әскерий хызметти ѳтеўде  шәртнама суммасының 17млн 336 мың сўм тѳлеп берилди;

2 жаска Автомобилди басқарыў гуўалығын алыўда оқыў қәрежетлери толеп берилди. 2млн 400мың сўм;

11 жаска басқада берилген жәрдемлер есабынан “Жаслар дәптери” дизиминен шығарылды.

Бүгинги кунде 31 жаслар (40,2%) “Жаслар даптери” дизиминде қалмақта.

Сондай-ақ қәўендерлер тәрепинен 2 жасқа (Калбаев Сапарбай,Жаңабаев Асылбек) 500 мәйек сыйымлығындағы инкубатор алып берилди хәмде бүгинги күнде ѳзин-ѳзи бәнт етиўи нәтийжесинде шаңарағына дәрамат киритип атыр.

Бул жүритилип атырған үш дәптерге киритилген пуқаралар менен айрықша шуғылланып, олардың машқалаларын биринши гезекетеги орынланыўы зәрур болған мәселелер сыпатында қарап, жуўапкершиликти сезинип, жумысларын даўам еттиремиз.

4-сектор аймағындағы мәхәллелерде  “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” дәстүри шеңберинде 2 млрд 566,4 млн.сўм жеңиллетилген кредит ажратыў белгиленген болып, мәхәлелердеги ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жеңиллетилген банк кредитин алыў нийетин билдирген 107 пуқараға

2млрд 054,7 млн. сўмлық усыныснамалар берилди ҳәм коммерциялық банк филиаллары тәрепинен 98 пуқараға 1млрд 821,0 млн. сўмлық жеңиллетилген кредитлер ажратылды. (Санаат тараўында 34 пуқараға 849,4 млн.сўм, хизмет көрсетиў тараўында 21  пуқараға 606,6 млн.сўм ҳәм аўыл хожалық тараўында  43 пуқара 364,9 млн.сўм).

4-сектор аймағына қараслы болған мәкан пуқаралар жыйынларынан 71 пуқара турақлы жумыс орынларына,

90 пуқара өзин-өзи бәнт еткен ҳалда, 36 пуқара жәмийетлик жумысларға, 17 пуқара мәўсимли жумысларға ҳәмде 31 пуқара қайта таярлаў кәсип-өнерге қамтылып, жәми 178 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Аймақлық инвестиция дәстүри тийкарында сектор аймағында

2022-2023-жылларда жәми баҳасы 61 млрд 569 млн.сўмлық (соннан, 25 млрд 400 млн.сўм өз есабынан, 4 млрд 470 млн.сўм коммерциялық банк кредитлери ҳәмде 2 млн. 800 минг АҚШ доллар шет ел инвестициясы есабынан) инвестициялар өзлестириў есабынан 11 жойбар  әмелге асырыў арқалы 110 жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Ɵзбекистан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 18-марттағы “2022-2026 жылларда “Абат аўыл” хәмде “Абат мәхәлле” дәстурлерин әмелге асырыў ис-илажлары хаққындағы” ПҚ-172-санлы қарарына   муўапық 4-сектор аймағындағы Мойнақ мәхәллеси “Абат мәхәлле” дәстурине киритилген болып, 3 млрд 699 млн сўмлық жумыслар амелге асырылыў режелестирилген.

Соннан 2,1км ишки жолларға қум-шағал  қапламасын төсеў (оӊлаў) реже қылынған болып бүгинги күнде жумыслар 100 пайызға жуўмақланды.

2,8км ишимлик суў тармақларын жаӊадан қурыў хәмде реконстуркция кылыў реже қылынган бүгинги кунде 2,2 км суў тармақларын тартыў жуўмакланды колодец хәмде гидрантларды орнатыў жумыслары алып барылып атыр.100 дана ескирген бағаналар орнына жаӊа бетон бағаналар орнатылды. “Мойнақ” мәхәллеси имаратын жаӊадан курыў бойынша бүгинги күнде фундамет куйыў жумыслары жуўмакланып гербиш өриў жумыслары алып барылмакта. 2км узынлыкта оптик талшықлы байланыс кабеллери тартылды.Түнги жақтыландырыў хәмде пиядалар ушын жоллар қурыў жумыслары алып барылмакта.

Халықтың ҳақықый аҳўалын билиў олардың дәртин тыңлаў ҳәмде пайда болып атырған машқалаларын орнында шешиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы Мойнақ районы бѳлими  менен биргеликте көшпели қабыллаўлар өткерилмекте.

Бюджет түсимлери бойынша:

Бюджет түсимлери бойынша 2022˗жыл ушын 22,9 млрд. сўм прогноз белгиленген болып, 1˗сентябръ жағдайына 20,7 млрд. сўм түсим тәмийинленип, жыллық прогноз 90,3 процентке орынланды.

Соның менен бирге әмелдеги жыл январь‑август айлары ушын 13,5 млрд. сўм прогноз белгиленген болып, 1˗сентябръ жағдайына 20,7 млрд. сўм түсим тәмийинленип, 8 айлық прогноз 153,3 процентке, яғный бюджетке 7,2 млрд. сўм қосымша түсим тәмийинленди.

Январь‑август айлары даўамында бюджетке 20,7 млрд. сўм түсим тәмийинленип, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 11,8 млрд. сўм (өткен жыл январь‑август түсим 8,9 млрд. сўм) артық қаржы өндирилип 132,6 процентке түсимлер муғдары өсиўине ерисилди.

Әмелдеги жыл 9 айлық жуўмақ менен бюджетке жәми 23,4 млрд. сўм яғный қосымша 7,2 млрд. сўм бюджетке түсим күтилип атыр. Жыл жуўмағы менен жыллық прогнозға салыстырғанда 28,4 млрд. сўм қосымша түсим тәмийинлеў күтилип атыр.

Мойнақ районы бойынша 825 исбилерменлик субъекти дизимнен ѳткен болып, соннан юридик шахслар саны 592, жеке исбилерменлик субъектлери саны 233ти қурайды.

Жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери саны 574 (69,5%), юридик шахслар саны 383, жеке исбилерменлик субъектлери саны 191 ди қурайды.

Хәрекетсиз  исбилерменлик субъектлери саны 151 (18,3%), юридик шахслар саны 109, жеке исбилерменлик субъектлери саны 42 ни қурайды.

Жыл басынан жаңадан дизимен ѳткен исбилерменлик субъектлери саны 97 (11,7%) юридик шахслар саны 73, жеке исбилерменлик субъектлери саны 24 ти қурайды.

Жаўылған исбилерменлик субъектлери саны 8 (0,9%), соннан юридик шахслар саны 0, жеке исбилерменлик субъектлери саны 8 ди қурайды.

Жыл басынан 1 сентябрь жағдайына 25 та ҳәрекетсиз кәрханалардың искерлиги қайта тиклеўге ерисилди.

А.Рахметуллаев, Мойнақ районы Мәмлекетлик салық инспекциясы, 4-сектор баслығы 

Skip to content Click to listen highlighted text!