Мойнақ районы Ишки ислер бөлими баслығы, 3-сектор башысы Жамалатдин Юсупов ҳəм Президенттиң райондағы Халық қабыллаўханасы баслығы Дəўран Қəлимбетовлар нəўбеттеги көшпели қабыллаўын “Қазақдəрья” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында өткерди.
Орынларда секторлар басшылары тəрепинен халықтың турмысында ушырасып атырған мəселе ҳəм машқалаларын үйрениў ҳəм оларға унамлы шешим табыў мақсетинде өткерилип атырған көшпели қабыллаўлары өзиниң унамлы нəтийжесин бермекте.
Мойнақ районы Ишки ислер бөлими баслығы, 3-сектор башысы Жамалатдин Юсупов ҳəм Президенттиң райондағы Халық қабыллаўханасы баслығы Дəўран Қəлимбетовлар “Қазақдəрья” аўылы турғынларының машқалаларын үйрениў ҳəм оларға унамлы шешим табыў мақсетинде нəубеттеги көшпели қабылаўын өткерди.
Қабыллаў даўамында пуқаралар өзлериниң социаллық машқала ҳəм мəселелери менен мүрəжат етти. Тийкарынан бəнтлик, денсаўлық, кем тəмийнленген хожалықларға əмелий жəрдем, жеңиллетилген кредит, ишки жолларды оңлаў сыяқлы бир қатар мүрəжатлар көрип шығылды.
Билдирилген мүрəжатлар сол жердиң өзинде үйренилип, көпшилиги унамлы шешим тапты, айрым мүрəжат ийелерине ҳуқықый түсиниклер берилди.
Сондай-ақ үйрениў жумысларына ўақыт талап етилетуғын мүрəжатлердиң шешими ушын мүддет белгиленип, орынланыўы қадағалаўга алынды.
Әлбетте, өткерилип атырған бундай илажлар халқымыздың турмысындағы машқалаларын унамлы шешиў арқалы олардың бүгинги күннен разы болып жасаўын тəмийинлеў ҳəм келешекке болған исенимин еле де беккемлеўге хызмет етеди.
Уқсас жаңалықлар
Халықты дизимге алыў: оның мазмуны неде?
НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИН ТӘМИЙНЛЕЎ ҲӘМ СУД-ҲУҚЫҚ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР
Мойнақ районында 2025-жыл 1-шерегинде «Пуқаралар басламасы» қоры қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўы ҳаққында есабат